Тәфсири Ҳилал қарақалпақша
Install Now
Тәфсири Ҳилал қарақалпақша
Тәфсири Ҳилал қарақалпақша

Тәфсири Ҳилал қарақалпақша

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың «Тәфсири Ҳилал» китабы Электрон қосымшасы

App Size:
Release Date: Nov 28, 2024
Price: Free

Screenshots for App

Mobile
«Тәфсири Ҳилал» Қураны кәриймниң толық мәнилериниң аўдармасы ҳәм тәфсири жәмленген қосымша есапланады. Қосымша арқалы аятлардың арабша текстин, қарақалпақша мәнилериниң аўдармасы ҳәм белгили дереклер тийкарында жазылған тәфсирин оқыўыңыз, белгили қарыйлардың тиләўатын тыңлаўыңыз, өзиңизге керекли сөзлерди излеў функциясы жәрдеминде табыўыңыз мүмкин.

«Тәфсири Ҳилал» китабы пазыйлетли шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзиретиниң өзбек тилинде жазылган тәфсири есапланады. Қосымшада усы китаптың қарақалпақ тилиндеги аўдармасы келтирилген.

«Тәфсири Ҳилал» пүткил әлемге мударрис болған уллы уламалар журты Өзбекстанда жазылған ең жаңа тәфсирлерден болып, әпиўайы ҳәм жеңил тили, терең ҳәм анық усылы менен ажыралып турады. «Тәфсири Ҳилал» белгили тәфсирлердиң дәстүрлерине садық қалып, бүгинги китапқумардың дәрежеси, көзқарасы ҳәм мүтәжликлерин де есапқа алып жазылған болып, оқыўшыны Қураны кәрийм мәнилериниң шексиз ҳикметлери менен таныстырады.

Автор ҳаққында

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳ жетик алым, муфассир, муҳаддис, фақиҳ, муршид, өз заманындағы Ислам әлеминиң көрнекли ўәкили, үлкен ғайраткер, СССР Жоқары Кеңесиниң халық депутаты, Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасының муфтийи, Ислам әлеми Робитасы мәжилиси, Пүткил дүнья жүзилик мусылман уламалары шөлкемлери ағзасы еди.

Шайх ҳәзирети 1952-жылы Әндижан ўәлаятының Асака районында туўылған, дәслепки диний билимди әкеси Муҳаммад Юсуф ҳажыдан алған. Бухарадағы Мир Араб медресесинде, Ташкенттеги Имам Бухарий атындағы институтта, Ливиядағы Исламға шақырыў университетинде билим алған.

Мысыр Араб Республикасы, Ливия Республикасы ҳәм Россия Федерациясы сыяқлы бир қатар мәмлекетлердиң ҳүрметли атақлары ҳәм сыйлықлары, сондай-ақ, Өзбекстанның жоқары дәрежели «Имам Бухарий» ордени менен сыйлықланған.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф 2015-жылы 10-мартта қайтыс болған.

Шайх ҳәзирети үлкен илимий мийрас қалдырған. «Тәфсири Ҳилал»дан басқа «Ҳәдис ҳәм Турмыс» дүркини, «Әдеплер ғәзийнеси», «Қәсийетли ҳикметлер шолыўы», «Руўхый тәрбия», «Кифая», «Бахытлы шаңарақ», «Жәмийетлик әдеплер», «Сунний ақыйдалар» сыяқлы жүзден аслам китап жазған. Шайх Ҳәзиреттиң көплеген шығармалары аудио китап болып исленген, дүркин баянатлары тийкарында видеофильмлер таярланған.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф үлкен илимий жумысы, берекетли мийнети менен Орайлық Азияда илимий-ағартыўшылық ояныў дәўирин баслап берген, илимий, жәмийетлик-сиясий искерлиги, жазған китаплары менен Исламды үйрениў ҳәм үйретиў жолында жаңа мектепке тийкар салған. Уламаның шығармалары бүгинги күнде рус, қазақ, уйғыр, қырғыз, қарақалпақ ҳәм басқа тиллерге де аўдарылған ҳәм аўдарылып келинбекте.
Show More
Show Less
More Information about: Тәфсири Ҳилал қарақалпақша
Price: Free
Version: 1.0.1
Downloads: 1000
Compatibility: Android 7.0
Bundle Id: qq.hilal.tafsir
Size:
Last Update: Nov 28, 2024
Content Rating: Everyone
Release Date: Nov 28, 2024
Content Rating: Everyone
Developer: Hilol Nashr nashriyoti


Whatsapp
Vkontakte
Telegram
Reddit
Pinterest
Linkedin
Hide